Бажыхана: хызмет ийтлериниӊ жәрдеминде 39 жағдай анықланды

272

Бажыхана тараўында кинология айрықша әҳмийетке ийе. Заманагөй технологиялар қанша раўажланбасын, ийис билиў бойынша бийтәкирар ҳайўан – хызмет ийтлериниӊ орнын басатуғын пухта қурылма елеге шекем ойлап табылмаған.

Мәмлекетимиздиӊ шегараларында сергек бажыханашылардыӊ төрт аяқлы садық  жәрдемшилери нәшебентлик, жарылыўшы,  валюта, темеки ҳәм күшли тәсир етиўши затларды излеп табыўда нәтийжели хызмет атқармақта. Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында да 10 нан аслам  хызмет ийтиниӊ жәрдеминде бажыхана қадағалаўынан жасырынған нызамсыз затлардыӊ ҳәрекетине шек қойылмақта.

Қаҳарманымыз 33 жасар Парахат Шарипов дерлик 10 жылдан берли  Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында киши инспектор-кинолог лаўазымында өзиниӊ 4 аяқлы садық жәрдемшиси -хызмет ийти менен мәмлекетимиздиӊ шегераларында контрабанда ҳәм контрафакт өнимлери ҳәм нызамсыз товар-материаллық байлықлардыӊ аймағымызға кирип келиўиниӊ алдын алыўда шын кеўилден хызмет етпекте.

Бүгин де ата-анасыныӊ дуўасын алып, Нөкис қаласынан 450 км аралықта жайласқан, мәмлекетимиздиӊ арқа дәрўазасы есапланыўшы “Даўыт-ата” шегара бажыхана постына өзиниӊ хызмет ўазыйпасын атқарыў ушын жол алды.

Мәмлекетимизди қоӊсылас Қазақстан Республикасы менен байланыстырып турыўшы халықаралық әҳмийеттеги бул шегара бажыхана посты арқалы бүгинги күнде суткасына орташа 550-600 жеӊил ҳәм жүк автотранспорт қуралы, 3500-4000 әтирапында пуқаралардың кириў ҳәм шығыў жөнелислериндеги ҳәрекети тәмийинленбекте.

Пост арқалы ҳәрекетленип атырған ҳәр бир жолаўшы ҳәм автотранспорт қуралы тәрепинен қадаған етилген затлардыӊ мәмлекетимиздиӊ аймағына кирип келиўи ҳәм айланыста болыўыныӊ алдын алыўда бажыхана хызметкерлерине олардыӊ төрт аяқлы қатардағы дослары жәрдем бермекте.

Бажыхананыӊ киши инспектор-кинологларына хызмет ийтлери нәшебентлик ҳәм жарылыўшы затларды излеп табыў бағдарында үйретилген. Сондай-ақ, қосымша 3 хызмет ийти “Валюталарды излеў”,  2 хызмет ийти “Күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақларды ҳәм психотроп затларды излеў” ҳәм 1 ийт “Темеки өнимлерин излеў” бағдарында хызмет алып барады.

Өткен жыл даўамында киши инспекор-кинологларға бириктирилген хызмет ийтлериниӊ жәрдеминде шегара ҳәм ишки аймақта жәми  39 жағдай анықланды. Соннан  22 жағдайда жарылыўшы затлар (1 дана аў мылтығы, 45 дана пиротехникалық затлар, 3 дана пневматикалық пистолет, 24 дана шаўқымлы патрон, 659 дана гильза, 2 дана газли пистолет, 21 дана пистолеттиӊ газ баллоны, 3050 дана дроб, 3 дана ҳәр бири 335 граммнан болған шақырық сигналына мөлшерленген пиротехника затлары, 2100 дана аў мылтығы патроныныӊ капсюласы),  13 жағдайда нәшебентлик (828,32 гр.опий, гашиш, героин) ҳәм 250 дана психотроп затлардыӊ нызамсыз түрде мәмлекетимиздиӊ аймағына кирип келиўи ҳәм айланыста болыўыныӊ алды алынды. Соның ишинде Парахат Шариповқа бириктирилген “Забар” лақаплы хызмет ийтиниӊ жәрдеминде  өткен жылы 15,55 гр. героин, 11,7 гр. опий нәшебентлик заты табылды.


Мәмлекетимиздиӊ экономикалық қәўипсизлиги, елимиздиӊ тынышлығы жолында бажыхана хызметкерлерине жәрдем берип атырған хызмет ийтлериниӊ мийнети есапқа алынып, өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы системасындағы бажыхана постларында өзиниӊ хызмет ўазыйпасын атқарып атырған тәжирийбели киши инспектор-кинологларға бириктирилген хызмет ийтлеринен үшеўи  Өзбекстан Республикаси бажыхана комитетиниӊ “Хызмет ийти белгиси” менен сыйлықланды. Олардыӊ арасында қаҳарманымыз бенен бирге хызмет атқарып атырған “Забар” лақаплы ийт те бар.

Бундай хошаметлеўлер усы хызмет ийтлери бириктирилген ҳәм оларға тәрбия берип атырған киши инспектор-кинологларға да берилген баҳа болып табылады. Себеби бундай көрсеткишлер ҳәм нәтийжелер өз-өзинен болмайды. Буныӊ негизинде тынымсыз шынығыўлар, ийтти түсиниў ҳәм үйретиў қәбилети, оларға берилетуғын айрықша итибар ҳәм меҳир бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги