Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының излеў секторы ҳәм Бозатаў районы бөлими тәрепинен қастан алимент төлемей жасырынып жүрген қарыздарларды табыў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.

Усы жылдың январь айында алып барылған излеў илажлары жумыслары даўамында үш перзентиниң материаллық тәмийнатынан қашып жүрген қарыздар әке усланды. Атап айтқанда, пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2022-жылғы қарары тийкарында өндириўши  Б.Д.ның ержетпеген  үш перзенти ушын қарыздар П.Қ.ның ҳәр айдағы дәраматынан ½ муғдарында алимент өндириў белгиленген.

Бул орынлаў ҳүжжети бюроның Бозатаў районы бөлимине ис жүргизиўине  алынып, орынлаў ҳәрекетлерине кирисилген. Бирақ, алып барылған орынлаў ҳәрекетлери, түсиндириў ҳәм ескертиўлерге қарамастан қарыздар әке ержетпеген перзентлери ушын алимент пулларын қастан төлемей келген. Усының нәтийжесинде қарыздарлық 44,2 миллион сумға жеткен.

Оператив-излеў жумысларының нәтийжесинде қарыздар П.Қ табылып, оған жынаят ислер бойынша Кегейли районы суды тәрепинен 15 суткалық ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги