Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Жадидлердиң миллий руўхыйлықтың раўажланыўына қосқан үлеси” атамасында ушырасыў болып өтти.

Илажда филиал директоры А.Есимбетов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының әдебий мәсләҳәтшиси С.Амирлан, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзасы, шайыр  Р.Отарбаевлар сөзге шығып, Президентимиздиң басламасы менен жадидшилер ҳәрекети көрнекли ўәкиллериниң мәмлекетимиз ҳәм миллетимиздиң  раўажланыўы жолында әмелге асырған әҳмийетли жумысларын, халқымыз, әсиресе жаслар арасында кеңнен көбирек үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Усы мақсетте бүгинги күни мақта. Бүгинги күде орынларда өткерилип атырған түрли илажларда жадид ата-бабаларымыздың өмири ҳәм хызметлери, олар тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилмекте.



Сөзге шыққанлар жадид бабаларымыз тәрепинен халықтың арасында миллий мәдениятымызды раўажландырыў, олардың пикирлеў ҳәм дүньяға көзқарасын кеңейтиў, жәмийетлик-сиясий, мәдений-ағартыўшылық илажлар әмелге асырыў сыяқлы басламалар алға қойылғанлығы атап өтилди. Жадидлер тәрепинен тек ер балаларды емес, ал қызларды да мектеплерге тартыў, оларды жетик ҳәм билимли инсанлар етип тәрбиялаў биринши зәрүрлик сыпатында белгилеп алынғанлығы бойынша түсиник берилди. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға Президентимиздиң басламасы менен усы жылдың басынан берли “Жадид” газетасының шығып атырғанлығы, оның ҳәр бир санында жадид бабаларымыздың өмири ҳәм олар тәрепинен әмелге асырылған  ийгиликли ислер туўралы кең түрде мағлыўмат алыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги