Өзбекстан ҳәм Қытай арасында жаӊа саўда коридоры ашылды
278

Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Бул жаӊа саўда жолы Өзбекстанды Қытайдыӊ арқа бөлегинде жайласқан Синдао қаласы менен байланыстырып, жүк тасыўларын тез, үнемли ҳәм қәўипсиз әмелге асырыў имканиятын бермекте.
Бул жаӊа саўда коридоры арқалы жүклер автомобиль транспортында “есиктен есикке шекем” принципи тийкарында қысқа ўақытта өз ийелерине жеткерип берилиўин тәмийинлейди.
Транспорт министрлиги айдаўшыларды виза алыў, тасыўларды әмелге асырыў ушын халықаралық рухсатнама бланкалары менен тәмийинлеў, сырт мәмлекетлердиӊ бажыхана қарағалаўынан өтиў процесинде пайда болып атырған мәселелерди қысқа ўақытларда шешиўде кәрханаларға әмелий жәрдем көрсетпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги