Усы  күнлерде ҳуқық қорғаў уйымлары, сондай-ақ, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги басышылығы ҳәм жуўапкер хызметкерлеринен ибарат Өзбекстан Республикасы делегациясы Қатар мәмлекетинде болып турыпты.

Сапар бағдарламасына бола, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниӊ директоры Акмал Бурҳонов Қатар мәмлекетиниӊ Ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм ашық-айдынлық уйымыныӊ президенти Хамад бен Насер Аль Миснед пенен ушырасты.

Ушырасыў даўамында өз-ара бирге ислесиў меморандумы шеӊберинде 2024-2026-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер режесине қол қойылды.

Реже тәреплер арасында корруциялық кәўип-қәтерлерди баҳалаў, мәмлекетлик уйымлар жумысыныӊ ашықлығын тәмийинлеў ҳәм БМШ антикоррупция стандартларын миллий әмелиятқа енгизиўде турақлы ҳәм тығыз тәжирийбе алмасыў сыяқлы мәселелерди өз ишине алады.

Атап айтқанда, Ҳәрекетлер режесинде коррупцияға қарсы гүресиўди тәртипке салыўшы нызамшылықты жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў, мәмлекетлик хызметте коррупциялық қәўип-қәтерлерди баҳалаў ҳәм ашықлықты тәмийинлеў бойынша өз-ара бирге ислесиў, e-antikor платформасын жетилистириўде Қатар мәмлекети тәжирийбесин үйрениў сыяқлылар тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленген.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәлимлеме хызметиниӊ хабарына бола, сөйлесиў жуўмағында додаланған бирге ислесиў бағдарларында жумысларды жеделлестириўге келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА