Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2023-жыл 29-ноябрь күни өткерилген аўыл хожалығында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суўдың ысырап болыўын азайтыў илажларына байланыслы видеоселектор мәжилисинде бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди. Соның ишинде Қарақалпақстан Республикасында 267,7 километрлик магистрал каналларды бетонлаў ҳәм реконструкциялаў жумысларын алып барыў тапсырмасы берилген.

Соннан, Республика бюджети есабынан жәми 119,3 километрлик узынлықтағы 10 объектте ҳәм оған қосымша 3 километрлик 1 объектте бетонлаў жумыслары белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланған ҳәптелик режеде белгиленген ўазыйпалар шеңберинде суў хожалығы объектлериндеги қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын талқылаў ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде Хожели районындағы «Ширинжап» каналында басланған бетонлаў жумыслары жуўапкерлер қатнасыўында үйренилди.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, «Қарақалпақстан суўқурылысинвест» мәмлекетлик кәрханасының жуўапкер басшылары ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши кәрхана басшылары ҳәм жойбарлаўшы жуўапкерлер менен биргеликте «Ширинжап» каналын қазып, бетонлаўға таярланып атырған бөлегинен бетонлаўға шекемги процесслерди көзден өткерди.

Үйрениў даўамында «Бунёдкор Жанубий СҚБ» ЖШЖ баслығы Д.Юсупов усы каналды бетонлаў жумысларын сапалы ҳәм барлық жумыслар жойбарда көрсетилген талаплар тийкарында әмелге асырылыўы ушын тәжирийбели қәнигелер ҳәм барлық зәрүр техника ҳәм әсбап-үскенелер тартқанлығын атап өтти. Соның менен бирге, объектте әмелге асырылып атырған жумыс процесслери менен толық таныстырып өтти.

Атап өтилгениндей, «Ширинжап» каналын реконструкциялаў ҳүкиметимиздиң тийисли қарары тийкарында 2024-жылдың мәмлекетлик бағдарламасына киргизилип, бүгинги күнге шекем объектте бас жумысты бөлип алып ислеўши «Бунёдкор Жанубий СҚБ» ЖШЖ тәрепинен 2,8 километр узынлықта 4458 метр куб топырақ-қазыў, бетонлаў жумысларына таярлаў жумыслары әмелге асырылды. Объектте жәми 10 арнаўлы техника ҳәм 80 нен аслам жумысшы-хызметкерлер жумыс алып бармақта.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жузбаев «Ширинжап» каналының бетонлаў жумысларын суўғарыў мәўсимине шекем жуўмақлаў зәрүр екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тапсырмалар берди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң орынбасары Т.Мадиреймов, «Қарақалпақстан суўқурылысинвест» мәмлекет кәрханасы директоры И.Мамбетов ҳәм «Бунёдкор Жанубий СҚБ» ЖШЖ баслығы Д.Юсуповларға бетонлаў жумысларын жеделлестириў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Хожели районындағы «Ширинжап» каналы 1993-жылы қурылып пайдаланыўға тапсырылған. Узынлығы 3,0 километр, суў өткериў қуўатлылығы секундына 1,5 метр кубти қурайды. Канал «Сүўенли» магистрал каналынан суў алып, райондағы «Fәрезсизлик», «Сарышүңгил» ҳәм «Әмиўдәрья» АПЖ аймағындағы фермерлер ҳәм халықтың қыйтақ жерлерин суў менен тәмийинлейди.

– Каналдың түбине ылай шөгип, айырым жерлери жемирилип, еки жағасында терек, путақ шөплер өсип каналдың көлеминиң киширейиўиниң есабынан суў өткериў қәбилети секундына 0,5 метр кубқа төменлегенлиги себепли, каналдың пайдалы жумыс коэффиценти 65 процентке түсип кеткен еди,-дейди буйыртпашы «Қарақалпақстан суўқурылысинвест» мәмлекетлик кәрханасының жойбарларды басқарыў, қурылысты техникалық жақтан қадағлаў бөлиминиң жетекши қәнигеси Сирожатдин Реимбаев.

Бул каналға байланысқан фермерлердиң ҳәм пуқаралардың қыйтақ жер майданларын кепилликли суў менен тәмийинлеўде машқалаларды келтирип, аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығына кери тәсир көрсетип атырған еди.

«Ширинжап» каналының бас бөлегиндеги суў өткериў қәбилети секундына 1,5 метр кубқа жеткерилсе, каналдың пайдалы жумыс коэффиценти 0,65-0,90 процентке көтериледи. Нәтийжеде, суўдың тезлигиниң артыўы ҳәм фильтрацияның алды алыныўы нәтийжесинде жылына орташа 1,5 миллион метр куб суў үнемленип, 23 фермер хожалықларының жәми 1670 гектар жер майданлары кепилликли суў менен тәмийинлениўине ерисиледи.

– Мен усы жерде 2003-жылдан берли жасап атырман. «Ширинжап» каналы «Сүўенли» магистрал каналынан суў алып усы жердеги «Ширин» аўылына ҳәм ары қарай ағып «Сәбик» аўылына суў берип, «Тас жап» каналына барып қуяды. Жаңа жыл басланыўы менен усы каналда барлық тараў басшылары келип оны реконструкциялаў бойынша қызғын түрде жумыслар басланып кетти. Каналға ылай шөгип, көп жерлеринде еки жағасы ишке жығылып, суў өткериўшеңлиги төменлеп қалған еди. Бул жерде жумыс басланғалы берли аўылдағы адамлар да жумыслы болып қалды. Каналдағы жумысларда ҳәзир аўылымыздың өзинен 82 адам жумыс ислеп атыр. Каналдың бурынғы аўҳалы менен бүгинги көринисин салыстырып болмайды. Бир айдың өзинде көплеген жумыс исленди, каналды бетонлаўға таярлап, еки жағасына жол салынып атыр. Бул ушын басшыларымыздан миннетдармыз,-дейди аўыл турғыны Төребай Айтмуратов.







Каналдағы бетонлаў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери