«Денсаўлықты сақлаў тараўында реформаларды тереңлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары (ПҚ-38-санлы, 22.01.2024 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, Денсаўлықты сақлаў министрлиги структурасында мәмлекетлик мәкеме тәризинде «Денсаўлықты сақлаў жойбарлары орайы» жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи.

Жойбарлаў офиси төмендеги тийкарғы бағдарларда жаңа механизмлерди енгизиўге жуўапкер етип белгиленди, соның ишинде:

мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын ҳәм мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри-дәрмақ қураллары пакетин толық енгизиў;

– медициналық хызметлердиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги үстинен қадағалаў системасын жетилистириў;

– мәмлекетлик сатып алыўлар нәтийжеси ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў, фармацевтика тараўын реформалаў;

– санитариялық қағыйда ҳәм нормаларды заманагөй талаплар тийкарында жаңалаў.

2024-жылы:

– 40 санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиена  нормативлери толық кайта көрип шығылады ҳәм халықаралық стандартларға муўапықластырылады;

– республикалық қәнигелестирилген хирургия, кардиология, эндокринология, дерматовенерология аккредитациядан өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги