Ҳәзирги ўақытта Белорусь Республикасында «Өзбекстан-Белорусь» бизнес ушырасыўлары өткерилмекте.

Ушырасыўда аўыл хожалығы, тоқымашылық, қурылыс, электротехника санааты ҳәм туризм тараўында жумыс алып барып атырған 100 ден аслам исбилерменлер қатнаспақта.

Усы исбилерменлер делегациясының қурамында Қарақалпақстан Республикасынан “TO’RTKO’L NON AGROKLASTER” ЖШЖ директоры  Ш.Каримбаев, «ALO XUDUD»  ЖШЖ директоры М.Нурымбетов, «UNICOM LLC» ЖШЖ директоры А.Исмаилов, “KO’KCHA TILLA-TOLASI” фермер хожалығы баслығы З.Артыковлар да қатнаспақта.




– 23-январь күни Минск қаласында болып өткен «В2В» ушырасыўында республикамыз исбилерменлери өзлериниң жаңа бизнес жойбарлары менен қатнасты ҳәм тез арада олардың Белорусьлы исбилерменлер менен бирге ислесиў бағдарында шәртнамалар дүзилиўи күтилмекте,-дейди Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.

Халықаралық бул илаж усы жылдың 26-январь күнине шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги