Жылўанжап мәкан пуқаралар жыйыны Кегейли районы орайында жайласқан болып, бул аймақта бүгинги күни халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте.

Соңғы жыллары мәкан пуқаралар жыйыны аймағында хожалықлар саны көбейип, онда жаңадан үйлер қурылып, таза көшелер пайда болмақта.

-Бул жаңадан қонысланып атырған шаңарақлардың заман талабына сай жасаўы ушын оларға қолайлы шараятлар жаратылыўы тийис. -Усы мақсетте, жыйын белсендилери ҳәм жасыүлкенлери мәҳәллеге ажыратылған 500 млн сум қаржы есабынан аймаққа қосылып атырған жаңа посёлкада жасаўшы 50 хожалықты таза ишимлик суўы тармағына жалғаў, 6 көшениң үй алды қыйтақ жерлерин ағын суў менен тәмийинлеў ушын суў насосларын орнатыў, 1,7 км аралыққа электр линияларын тартыў, жыйын кеңсесине қуяш панеллерин орнатыў ҳәм аймақта қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде 3 бақлаў камераларын орнатыўды режелестирдик,-дейди жыйын баслығы Алишер Мырзамбетов.-Ҳәзирги күнлери бул жумыслар басланып кетти. Атап айтқанда, жыйын имаратына қуяш панели ҳәм көшелерге бақлаў камералары орнатылды.

Әйне күнлери жыйын аймағында халықты таза ишимлик суўы тармағына жалғаў жумыслары жедел пәтлер менен алып барылмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы