Қытай компаниялары менен жаңа инвестициялық жойбарлар әмелге асырылады

«Өзбылғарысанаат» ассоциациясының делегациясы Қытай халықаралық саўданы раўажландырыў палатасының Дунгуань қалалық кеңесиниң баслығы менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстанда шөлкемлестирилген қәнигелестирилген киши санаат зоналарында Қытай капиталы тийкарында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселеси додаланды.
Сөйлесиўде «Өзбылғарысанаат» ассоциациясының делегатлары компания ўәкиллерине мәмлекетимизде кейинги жылларда әмелге асырылған реформалар, өндирис процесслери, сырт елли инвесторлар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм шараятлар, бажыхана ҳәм салық жеңилликлери, логистика сыяқлы бир қатар бағдарларда мағлыўмат берди.
Қытай халықаралық саўданы раўажландырыў палатасының Дунгуань қалалық кеңесиниң баслығы Өзбекстанда жаратылған қолайлы бизнес орталығы усы қала кәрханаларының исбилерменлик жумысы ушын оғада әҳмийетли бағдарлар екенин мәлим етти. Атап айтқанда, мәмлекетимиздеги былғары санаат тараўына қәнигелестирилген киши санаат зоналарында Қытай капиталы тийкарында тәбийғый былғарыдан таяр өнимлер ислеп шығаратуғын жойбарларды әмелге асырыў усынысы билдирилди.
Қытай халықаралық саўданы раўажландырыў палатасының Дунгуань қаласының кеңеси усы жылы Өзбекстанға келип, киши санаат зоналары жайласқан аймақлардағы инфраструктура менен жақыннан танысатуғын болды. Буннан кейин Қытай компанияларын усы киши санаат зоналарына мирәт ететуғынын мәлим етти.
Сөйлесиў жуўмағында усы жылдың 25-январь күни Шэньчжень қаласында болып өтетуғын Өзбекстан – Қытай инвестиция форумында «Өзбылғарысанаат» ассоциациясы ҳәм Қытай халықаралық саўданы раўажландырыў палатасының Дунгуань қалалық кеңеси арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылатуғын болды.
Шахноза Маматуропова, ӨзА