24-январь күни саат 20:17 де Беруний районы, «Шаббаз» АПЖ, Төрткүл гүзарында жайласқан электромобиль автосалонында өрт жүз бергени ҳаққында Айрықша жағдайлар басқармасына хабар түскен.

Соған бола, 3 өрт-қутқарыў экипажы саат 20:23 те ўақыя орнына жетип келип, саат 21:08 де өрт өширилген.

Өрт нәтийжесинде автосалонның 90 кв.м. майданда жоқары бөлеги ҳәм бир дана «BYD» маркалы автомобиль жанып кеткен.

Өрттиң себеби ҳәм материаллық зыянның муғдары анықланбақта.

Өрт ақыбетинде дене жарақатын алған ҳәм қайтыс болғанлар ҳаққында мағлыўмат келип түспеди, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги