Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қытайға мәмлекетлик сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасының Биринши ханымы Зироат Мирзиёева Қытай Халық Республикасы Баслығының зайыбы Пэн Лиюаньның басшылығында Пекиндеги Қытай Миллий музейин көзден өткерди.

Бул саўлатлы музейде Чин мәмлекетиниң 5000 жылдан аслам тарийхынан сөз ететуғын 620 мыңнан аслам сийрек ушырасатуғын экспонатлар сақланады.


Биринши ханымлар музейдеги Қытайдың бай мәденияты ҳаққында сөз ететуғын сийрек ушырасатуғын экспозицияларын үлкен қызығыўшылық пенен тамашалады.

Қызғын сәўбетте халықларымыз мәденияты ҳәм қәдириятларының уқсаслығы, байланысларымыз көп мың жыллық тарийхқа ийе екени, булардың бәршеси бүгинги қатнасықларымыздың раўажланыўына күшли пәт бағышлап атырғаны атап өтилди.


Зироат Мирзиёева халықларымызды және де жақынластырыў, өз-ара түсинисиўди беккемлеў мақсетинде мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенин, мәмлекетлеримизде турақлы өткерилип киятырған Мәденият күнлери оған айқын мысал екенин атап өтти.

Музей менен танысыў жыллы ҳәм қызғын руўхта өтти.

ӨзА