Кадастр агентлиги жумысының тийкарғы бағдары геодезия ҳәм картография, мәмлекетлик кадастрды жүргизиў, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, мәмлекеттиң жерлерин тәмийинлеў, оларды өз басымшалық пенен ийелеўдиң алдын алыў, кадастр-геодезия қадағалаўы тараўлары болып табылады.

Бүгинги күни мәмлекетимизде, соның ишинде, республикамызда жер қадағалаўы бойынша илажлар даўам етпекте. ϴткен жылы басқармамыздың қала ҳәм районлары бөлимлери тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен 877,7 гектар жер майданын өзбасымшалық пенен ийелеў бойынша  2 мың 716 жағдай анықланды. Бул шахсларға тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, ескертиў хатлары берилди.

Көрилген илажлар ҳәм түсиндириў жумысларының нәтийжесинде нызамға қайшы ретинде алып қойылған 793,5 гектар жер майданы ҳәкимликлердиң резерв фондына қайтарылды.  750 жағдайда нызамсыз ийеленген 649,04 гектар жер майданын мәжбүрий қайтарып бериў бойынша судларға даўа арзалары киргизилди.  335 жағдайдағы  10,61 гектар бойынша суд уйымларында суд процеси даўам етпекте. Ҳәзирги ўақытта 937 жағдайда анықланған  374,16 гектар жер майданын резерв фондына қайтарыў илажлары көрилмекте. Жер нызамшылығының бузылыўында жынаят белгилери болғанлығы ушын 115 ҳүжжет прокуратура уйымларына жиберилди.

Басқарма, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен ϴзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьялары менен 2 мың 819 пуқара ҳәм физикалық тәрепке ҳәкимшилик жәрийма қолланылды.

Жер менен байланыслы нызам бузылыўлардың алдын алыў, пуқараларға жерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў нызамсыз екенлигин түсиндириў мақсетинде тастыйықланған реже тийкарында орынларда көшпели қабыллаўлар, халық пенен турақлы ушырасыўлар өткерилип келинбекте, Сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары менен биргеликте көп нызам бузылып атырған аймақларда үйрениўлер алып барылмақта.

Нызамсыз қурылмаларды өз басымшалық пенен қурған адамларды анықлаў имканияты болмаса, ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-апрельдеги “Мәмлекетлик жер ҳәм кадастр қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби және мәмлекетлик геодезия қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби туўралы режелерди тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары менен тастыйықланған режениң 43-бәнтине муўапық, мәмлекетлик жер ҳәм кадастр қадағалаўын әмелге асырыўға тосқынлық ететуғын ҳәрекетлердиң алдын алыў, оларды тоқтатыў ямаса жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеген шахсларды анықлаў, оларды услап келиў бойынша оператив илажлар ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген. Бул нызамда өзбасымшалық пенен қурылма қурған шахсларды ишки ислер уйымлары тәрепинен анықлаў даўамлы әмелге асырылыўы көрсетилмеген. Соның нәтийжесинде өзбасымшалық пенен қурылма қурыў көбейип бармақта.

Нызамсыз қурылма қурылғаны анықланғаннан кейин Кадастр агентлиги уйымлары тәрепинен қурылманы бузыў (сапластырыў) бойынша 15 күнлик рәсмий ескертиў бериледи. Бул қурылмалар ықтыярлы түрде сапластырылмаған жағдайда оны буздырыў мақсетинде судларға мәжбүрий буздырыў бойынша даўа арза киргизиледи. Судлар тәрепинен 2 ай даўамында көрип шығылғаннан соң қарар қабыл етилип,  1 айдан соң нызамлы күшке кирмекте. Нызамсыз қурылма анықланғаннан соң мәжбүрий буздырыў қарары күшке киргенге шекем  3-4 ай мүддет өтип кетпекте. Усының себебинен нызамсыз қурылмалар даўам етпекте.

Усындай унамсыз жағдайлардың алдын алыў бойынша суд уйымлары тәрепинен даўа арзаны көрип шығыў, қарар қабыл етиў муғдарын қысқартыў, қарар қабыл етилген күнниң өзинде нызамсыз қурылманы тоқтатыў бойынша пуқараға ескертиў бериў, Ишки ислер уйымларына қурылысты даўам еттирмеў бойынша мағлыўмат киргизиў мақсетке муўапық болар еди. Агентлик тастыйықлаған ис-режеге муўапық жерге байланыслы нызам бузылыўының алдын алыў  ҳәм оларды сапластырыў бойынша жумысларды даўам еттире береди.

Исатай ТЛЕЎОВ,

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан

Республикасы басқармасының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги