Алыс аймақлардағы жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың спортқа болған қызығыўшылықларын арттырыў мақсетинде, Қараөзек районындағы 13 аймақтың жаслар жетекшилериниң ҳәр бирине елимиз Президентиниң саўғасы, спорт инвентарлары тапсырылды.
Онда Қараөзек районы ҳәкими Узақберген Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министриниң орынбасары Азамат Қалбаев қатнасып, жасларымызға жаратылған бундай имканиятлардан дурыс пайдаланыў ҳәм спорттың ғалабалығына ерисиў ушын жас спортшыларды турақлы түрде спорт пенен бәнт етиў бағдарында жаслар жетекшилерине жумысларын және де жанландырыў кереклигин атап өтти.
Ушырасыўда аймақтың жаслар жетекшилери де шығып сөйлеп, аўыл жасларына көрсетилип атырған ғамқорлығы ушын мәмлекетимиз Президенти ҳәм республикамыз басшыларына өзлериниң миннетдаршылығын билдирди. Илажда аўыл жаслары футбол бойынша өз шеберликлерин көрсетти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы