Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пекин қаласында Қытайдыӊ CITIC корпорациясыныӊ баслығы Си Гохуа менен ушырасыў өткерди.
Қытай мүлкти басқарыў бойынша халықаралық инвестиция корпорациясы қаржы хызметлерин көрсетиўши, ири санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўшы жетекши компания болып табылады. Оныӊ активлери шама менен 1,5 триллион долларды қурайды.
Ушырасыўда биргеликтеги жойбарлар портфелин кеӊейтиў мәселелери көрип шығылды, онда тийкарғы итибар мәмлекетимиз жол-транспорт ҳәм инженерлик инфраструктурасын, ирригация системаларын модернизациялаўға қаратылды.
ӨзА