Қытайға мәмлекетлик сапардыӊ исбилерменлик бағдарламасы даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев CNPC нефть-газ корпорациясыныӊ баслығы Дай Хоулянды қабыл етти.
Қытай миллий нефть-газ корпорациясы өзиниӊ тараўында дүньяныӊ алдынғы компаниясы болып, “Fortune Global 500” рейтингинде жетекши орынларды ийелеп келмекте. Нефть ҳәм газ қазып алыў бойынша ири жойбарларды, соныӊ ишинде, сырт мәмлекетлерде әмелге асырыў бағдарында үлкен тәжирийбеге ийе.
Ушырасыўда Өзбекстанда жер асты газ сақлаў сыйымлықларын қурыў ҳәм газ жеткериў системаларын модернизациялаў, заманагөй комплектлеў технологияларын енгизиў ҳәм нефть-газ тармағы ушын қәнигелер таярлаў бойынша перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
ӨзА