Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытайға мәмлекетлик сапары шеӊберинде Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниӊ бас резиденциясына барып, банк президенти Цзинь Лицюнь менен сөйлесиў өткерди.
Бул жетекши халықаралық қаржы институты менен стратегиялық шерикликти және де кеӊейтиўдиӊ әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жыллары банк пенен бирге ислесиў мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилди. Биргеликтеги жойбарлар портфели 3 миллиард доллардан артты. 2023-жылдыӊ өзинде тартылған инвестициялар көлеми 1 миллиард долларға жетти.
Энергетика, суў тәмийнаты, автомобиль ҳәм темир жолларды реконструкциялаў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша жойбарлар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы стратегиялық шийки затты тереӊ қайта ислеў жойбарларын қаржыландырыўды кеӊейтиў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында социаллық әҳмийетке ийе бағдарламаларды әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Жаӊа Өзбекстанда алып барылып атырған структура реформалардыӊ шеӊберинде әҳмийетли бағдарлардағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша 2026-жылға шекем мөлшерленген биргеликтеги Бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилди.
Орайлық Азия регионындағы стратегиялық әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Банк басқарыўшылары кеӊесиниӊ усы жыл сентябрь айында Самарқанд қаласында болатуғын жыллық мәжилисине таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиӊ әмелий тәреплери де додаланды.
ӨзА