Қытайдың Синьцзян-Уйғур автоном районының Урумчи қаласында биринши Өзбекстан-Қытай аймақлар аралық форумында қатнасып атырған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығындағы делегация усы мәмлекеттеги компаниялардың ўәкиллери менен өз-ара сөйлесиўлер алып барып, олардың жумыслары менен жақыннан танысты.

Өз гезегинде республикамызда исбилерменлерге жаратылған шараятлар, инвестиялық тартымлылықты арттырыў, инвесторларға жеңилликлер жаратыў бағдарында Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди. Илаж даўамында Синьцзян-Уйғур автоном районы Аксу округи менен Нөкис районы арасында саўда-экономикалық, аўыл хожалығы, энергетика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм тараўлары бойынша еки тәреплеме бирге ислесиў, бул бағдардағы әмелге асырылыўы тийис илажларды кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша келисимге ерисилди.


Республикамыздың делегациясы форум шеңберинде сондай-ақ “Xinjiang silk road golden camel” компаниясы жумыслары менен жақыннан танысты. Компания ҳәкимшилиги менен еки тәреплеме бирге ислесиў, перспективалы жойбарлар үстинде жумыс алып барыў, сондай-ақ, Қоңырат районы аймағында дәслепки баҳасы 108,9 миллион долларлық каустикалық сода ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги