Өзбекстан Бас прокуроры Қатар ҳуқықый уйымларыныӊ басшылары менен ушырасты

361

Өзбекстан делегациясыныӊ Қатарға сапары шеӊберинде Өзбекстан Бас прокуроры Ниғматилла Йудошев Қатар Әдиллик министри Иброҳим бин Али Ал Хассан Ал Муҳаннади менен ушырасты.

Шөлкем басшысы делегация ағзаларын Қатар әдиллик системасы менен таныстырды.

Өз гезегинде, Өзбекстан тәрепи кәсиплеслерине Өзбекстан Республикасы суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, делегация Қатар Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық изертлеў орайы басшысы Салеҳ Али Ал-Фадала менен ушырасты.

Илаж даўамында Орай басшысы қатнасыўшыларды шөлкемниӊ жумысы менен таныстырды.

Соныӊ менен бирге, тәреплер Өзбекстан Ҳуқықты қорғаў академиясы ҳәм Қатар нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық изертеў орайы арасында Меморандумға қол қойыў мәселелерин додалады.

Атап айтқанда, ушырасыў қатнасыўшылары усы ҳүжжет ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлериниӊ кәсиплик потенциалын және де арттырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Буннан тысқары, сапар бағдарламасына бола, өзбек делегациясыныӊ Қатар Мәмлекетлик ишки ислер министри Шайх Абдулазиз бин Фейсал бин Моҳаммед Ал Тани менен ушырасыўы болып өтти.

Бул илажда тәреплер жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралардыӊ ҳуқықларын қорғаў, терроризм, кибержынаятшылық ҳәм трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылықтыӊ басқа түрлерине қарсы гүресиў тараўларында тәжирийбе алмасады.

Илажлар жуўмағында қатнасыўшылар болып өткен ушырасыўлар трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылықтыӊ алдын алыўда биргеликте жумыс алып барыў ҳәм ҳуқықый тараўда уйымлараралық байланысларды раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Н.Абдураимова, ӨзА