Студентлер руўхый азықланып, мәдений дем алды

218

Республикамыздың барлық орынларында болғаны сыяқлы, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасы менен руўхый-ағартыўшылық, мәдений илаж болып өтти.

Кешеде филиал директорының Жаслар мәселелери, руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Р. Хайдаров, филиал оқытыўшысы Қ.Юсупов ҳәм Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Д.Хожамбергеновлер шығып сөйлеп, 2023-жылдың  22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында өткерилген Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде көрип шығылып, ортаға тасланған тийкарғы мәселелерге тоқтап өтти. Атап айтатуғын болсақ, баянатшылар тәрепинен соңғы жыллары елимизде жүз берип атырған өзгерислер, әсиресе, билимлендириў тараўындағы жаңаланыўлар ҳәм жасларға жаратылған қолайлы имканиятларды мақтаныш пенен айтып, жасларымызды бул мүмкиншиликлерден дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланыўға шақырды.






Мәдений кеше республикамызға белгили көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы