Футбол бойынша Азия Кубоги топар басқышы 3-турынан орын алған Өзбекстан — Австралия (1-1) ойынында ҳүжимшимиз Игор Сергеев жарақат алып майданнан шыққан еди.

Сергеевтиң жарақаты бойынша ӨФА баспасөз хызмети мағлыўмат берди.

«Медициналық штаб тәрепинен әҳмийетли тексериўлер өткерилди. Әттең, дәслепки медициналық тексериўлер Игордың оң дизесинен қатты жарақат алғанын көрсетти.

Футболшымыз турнирдеги ойынын жуўмақлады. Жақын ўақыт ишинде хирургиялық операцияны өткериў кереклиги анықланды. ӨФА ҳәм футбол жәмәәти атынан Игорға Азия кубогиндеги жақсы ойыны ушын миннетдаршылық билдирип, саламатлық тилеймиз», делинеди хабарда.

Сергеев сайланды командамыздың әҳмийетли турнир даўамында жарақат алған төртинши футболшысы болды. Буған шекем команда сәрдары Элдор Шомуродов, қорғаўшылар Ҳусниддин Алиқулов ҳәм Ҳожиакбар Алижонов жарақат алып, турнирди өткерип жиберетуғыны анық болған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги