АҚШ пайтахтында Әбиў Райхан Беруний бюсти ашылды

229

Өзбекстанның АҚШтағы елшиханасы алдында уллы ойшыл ҳәм энциклопедист-илимпаз Әбиў Райхан Беруний бюсти орнатылды.

Бюсттиң салтанатлы ашылыў мәресиминде АҚШ ҳүкимети, Ақ үй, Мәмлекетлик департаменти, дипломатиялық корпус, «ақыл» орайларының экспертлери, исбилерменлик топары ҳәм жетекши ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

«Дүнья» МА хабарына бола, илаж алдынан қатнасыўшыларға Әбиў Райхан Берунийдиң мийнетлери ҳәм илимпаз мийрасының дүнья цивилизациясында тутқан орны ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Бюсттиң ашылыўы тек ғана уллы өзбек илимпазының тарийхый әҳмийетин улығлаў емес, ал Өзбекстан – АҚШ арасындағы және де беккемленип атырған бирге ислесиўдиң тымсалы болатуғыны атап өтилди.

Өзбекстан мәдений мийрасты үйрениў, сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў пүткил дүнья жүзилик жәмийети илимий кеңесиниң ағзасы Федерик Старр конференциядағы шығып сөйлеген сөзинде Әбиў Райхан Беруний мийнети ҳәм дөретиўшилиги, оның дүнья цивилизациясына қосқан әҳмийетли үлеси ҳаққында толық баянат жасады.

«Әбиў Райхан Беруний Христофор Колумб Американы ойлап табыўдан 500 жыл алдын океан артында континент бар екенин айтқан», – деди Старр.

Қатнасыўшылар Беруний шахсы ҳәм мийрасына АҚШта көрсетилген ҳүрмет ҳаққында пикир билдирип, бул бюст тек ғана Өзбекстанның мақтаныш ететуғын өтмиши емес, ал мәмлекеттиң жарқын келешегиниң де рамзий көриниси екенин атап өтти.

АҚШ ўәкиллериниң айтыўынша, Вашингтондағы басқа да мәмлекетлердиң елшиханаларынан парықлы ҳалда Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханасы алдында сиясатшы ямаса әскерий сәркардаларды емес, әйне жетик илимпаз бюстиниң орнатылыўы мәмлекеттиң билимлендириў, илим ҳәм инновацияларға итибарынан дәрек береди. Атап өтилиўинше, бул жойбар Өзбекстанның көп әсирлик мәденияты, узақты гөзлеген заманагөй сыртқы сиясатын ҳәм, әлбетте, өзбек халқының дүнья цивилизациясына қосқан үлкен үлесин сәўлелендиреди.

Илаж жуўмағында, оның қатнасыўшыларға Федерик Старр қәлемине тийисли Әбиў Райхан Беруний ҳәм заманагөй медицина әкеси есапланған Әбиў Али ибн Синаның өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Заманының данышпанлары: Ибн Сино, Беруний» китаплары саўға етилди.

Вашингтонда бой тиклеген Әбиў Райхан Беруний бюсти «Әмирсай» лыжа курортының қәўендерлиги тийкарында өзбекстанлы мүсинши усталар тәрепинен соғылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги