Кеше мәмлекетимиз футбол жанкүйерлериниң нәзери Қатар пайтахты Доха қаласындағы «Ал-Жануб» стадионына қаратылды.
Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары Австралияға қарсы ойынға түсти. Оғада қызықлы өткен ойынның 1-таймының соңғы минутларында япониялы бас төреши Аруки Юсуке командамыз ағзасы Адилбек Ҳамрабеков қолы менен топты ирикти деп есаплап оған сары карточка көрсетти ҳәм дәрўазамызға пенальти белгиледи.
Бул имканияттан австралиялы Мартин Бойл нәтийжели пайдаланып, өз командасын есапта алдыға алып шықты.
Екинши таймда командамыздың бас тренери Сречко Катанец ойынға жаңа күшлерди қосты ҳәм бул өзиниң нәтийжесин көрсетти. Атап айтатуғын болсақ, ушырасыўдың 79-минутында Жалалатдин Машариповтың қанаттан узатқан тобын Азизбек Турғунбаев геллеси менен анық дәрўазаға жоллап, есапты теңлестириўге еристи.
Буннан соң да командалар тәрепинен бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилди. Бирақ, футболшыларымыз олардың ҳеш қайсысын голға айландыра алмады.
Солай етип, кескин беллесиўлерге бай болған ушырасыў 1:1 есабы менен жуўмақланды ҳәм Өзбекстан сайланды командасы «В» топарында 5 упай менен Австралиядан соң 2-орынды ийелеп, келеси басқышқа жол алды.
Ал, усы топарда өткерилген екинши ойында болса, Сирия сайланды командасы Ҳиндстанды 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Турнир регламентине бола, енди Өзбекстан сайланды командасы плей-офф басқышында «F» топарында 2-орынды ийелеген команда менен өз-ара ойын өткереди.
Бул орын ийеси Саудия Арабстаны-Таиланд, Қырғызстан-Оман ойынынан соң анық болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы