Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен бирге мәмлекетлик сапар менен Қытай Халық Республикасына келди.

Еки мәмлекет байрақлары менен безелген «Шоуду» халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийман сапарына ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекетимиз басшысын ҚХР мәденият ҳәм туризм министри Сунь Ели ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.

Сапар бағдарламасына муўапық 24-январь күни Өзбекстан жетекшиси ҚХР Баслығы Си Цзиньпин менен өз-ара келисимлер ҳәм Қытайдың рәсмий шахслары ҳәм исбилермен топарлары ўәкиллери менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.





Күн тәртибинен Өзбекстан менен Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм кең көлемли әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.

ӨзА