Өзбек жаўынгерлик өнери шеберлик сабағы өткерилди

Өзбек жаўынгерлик өнериниң заманагөй спорт түри сыпатында кеңнен тарқалыўында, спорт терминологиясының ислеп шығылыўында, қағыйдаларының енгизилиўинде жеке гүрес спорт түрлери шебери Полат Усмановтың орны айрықша.
Нөкис қаласындағы 2-санлы спорт мектебинде Өзбекстан «Өзбек жаўынгерлик өнери» федерациясы президенти Полат Усмановтың басшылығында тренер-муғаллимлер менен шеберлик сабағы өткерилди.
Онда атап өтилгениндей, миллий үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларға тийкарланған заманагөй спорт түрлериниң жаратылыўы халықаралық майданда ўатанымыз атының улығланыўына хызмет етпекте.
Өткерилген ушырасыў ҳәм шеберлик сабағына республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан тренер-муғаллимлер қатнасып, оларға өзбек жаўынгерлик өнери спорт түриниң «Матонат» усылының жаңа қағыйдалары таныстырылып, әмелде қолланылыўы көрсетилди.
Буннан соң шеберлик сабағы даўамында өткен 2023-жыл даўамында жақсы жетискенликлерге ерискен спортшылар ҳәм бир қатар қәнигелерге сертификатлар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги