Мойнақлы Айгүл Үргениште үлгили билим алмақта
Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2022-жыл 31-август күни «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында» ғы 213-санлы пәрманы қабыл етилген еди.
Усы пәрман тийкарында Қарақалпақстанлы көплеген жаслардың жоқары оқыў орнына кириўине мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында қосымша квота ажыратылды.
Бүгинги күнге келип, усы пәрман тийкарында бир қатар жаслар жоқары оқыў орынларындың студенти болыў бахтына миясар болды.
Мойнақлы Айгүл Таңатарова да усындай жаслардың бири. Ол усы берилген имканияттан пайдаланып, Ташкент медицина академиясының Үргениш филиалына оқыўға кириўге еристи.
Айгүл бүгинги күни оқыўда үлгили баҳаларда оқыў менен бирге, жәмийетлик жумысларға да белсене қатнасып келмекте ҳәм буның ушын жоқары оқыў орны тәрепинен «Миннетдаршылық хаты» менен сыйлықланды.
Көпшилик мойнақлы жаслар сыяқлы, Айгүлдиң де елимиз Президентине айтар алғысы шексиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы