Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетиниӊ тәбиятты қорғаў тараўындағы ўәкилликлери қайта көрип шығылмақта

155

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасыныӊ гезектеги мәжилиси болып өтпекте.

Мәжилисте «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда додаланды. Нызам жойбары менен «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы Нызамда министрлик ҳәм оныӊ уйымларыныӊ атамасы, ўазыйпа ҳәм функцияларына тийисли өзгерислер киргизилмекте. Соныӊ менен бирге, Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетиниӊ тәбиятты қорғаў тараўындағы ўәкилликлери қайта көрип шығылмақта.

Усыныс етилип атырған нызам жойбары усы жылдыӊ 17-январь күни болып өткен Нызамшылық палатасыныӊ жалпы мәжилисинде көрип шығылып, депутатлар тәрепинен берилген пикир-усыныслар тийкарында жетилистирилиў ушын жуўапкер комитетке қайтарылған еди. Өткен дәўирде комитет тәрепинен берилген усыныслар жумысшы топар ағзаларыныӊ қатнасыўында тереӊ талланып, олардыӊ айырымлары жойбарды жетилистириўде итибарға алынды ҳәм нызам жойбары таяр ҳалға жеткерилди.

Депутатлардыӊ айтыўына бола, бул нызам жойбарыныӊ қабыл етилиўи, нызам ҳүжжетлери арасындағы айырмашылықларды сапластырыў, мәмлекетлик уйымлардыӊ тәбиятты қорғаў тараўындағы жуўапкершилигин және де арттырыўға хызмет етеди. Қызғын тартыслар, сораў-жуўаплардан соӊ, нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги