Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы товар алмасыў көлеми 4 миллиард доллардан артты

Өткен жыл жуўмақларына бола, Қазақстан Өзбекстанныӊ үш тийкарғы сыртқы саўда шериклеринен бири есапланады.
Статистикалық мағлыўматларға бола, бүгинги күнде Өзбекстан дүньяныӊ 198 мәмлекети менен саўда байланысларына ийе. Өткен жылдыӊ январь-декабрь айларында Өзбекстанныӊ сыртқы саўда айланысы 62,6 миллиард долларды қурады ҳәм өткен жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 23,9 процентке өсти. Улыўмалық көлемнен экспорт 24 426,2 миллион долларды, импорт болса 38 141 миллион долларды қурады.
Қытай мәмлекетимиздиӊ тийкарғы саўда шериги болып қалмақта. Еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў 13,7 миллиард долларды (улыўмалық көрсеткиштиӊ 21,9%) қурады. Бул көрсеткиш бойынша Россия екинши орында – 9,88 миллард доллар (15,8 процент). Күшли үшликти Қазақстан 4,39 миллард доллар (7%) менен жуўмақлады.
Өз-ара товар алмасыў қурамында Өзбекстан Қазақстанға 1372,5 миллион долларлық өним экспорт еткен. Импорт болса 3026,4 миллион долларды қурайды.
ӨзА