“Жас шегарашылар” әскерий-академиялық лицейине оқыўшыларды сайлап алыў тәртиби жетилистириледи

152

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына “Жас шегарашылар” әскерий-академиялық лицейине оқыўшыларды сайлап алыў тәртибин жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған бола, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи:

“Жас шегарашылар” әскерий-академиялық лицейине оқыўға талабанларды сайлап алыў ҳәм үйрениўге байланыслы барлық илажлар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Қәўипсизлик хызмети тәрепинен әмелге асырылады;

“Жас шегарашылар” әскерий-академиялық лицейине талабанларды сайлап алыў илажлары жетилистириледи;

“Жас шегарашылар” әскерий-академиялық лицейине оқыўға кирип атырған (оқып атырған) талабанларды (оқыўшыларды) медициналық тексериўден өткериў тәртиби әпиўайыластырылады ҳәм медициналық тексериў илажлары Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ биргеликтеги қарарына тийкарланып әмелге асырылады.

ӨзА