Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 24-25-январь күнлери Алмаатаға барып, 23-январьға өтер түни қаладағы жер силкиниўден кейинги жағдай бойынша мәжилис өткереди, дейди мәмлекет басшысыныӊ баспасөз хаткери Берик Уали.

“Президент Қасым-Жомарт Тоқаев 24-25-январь күнлери Алмаатаға алдыннан режелестирилген хызмет сапары менен барады. Мәмлекет басшысы бир қатар объектлер, атап айтқанда, январь ўақыяларынан кейин оӊлаўдан шығарылған имаратларға барады”, — деп жазған баспасөз хаткери социаллық тармақларда.

Мағлыўматларға бола, 6,7 магнитудалы жер силкиниўи 22-январь дүйшембиден шийшембиге өтер түни Қазақстан ҳәм Қырғызстан шегарасында, Алмаатадан 264 километр қубла-шығыста болған. Мәмлекеттиӊ Айрықша жағдайлар министрлиги мағлыўматларына бола, жер силкиниўи селден қорғаўшы имаратларға тәсир етпеген, сел ҳәм қар қулаўлары ҳаққында мағлыўмат жоқ. Алмаата аэропорты нормал режимде ислемекте.

Алмаата денсаўлықты сақлаў департаменти жер силкиниўде қайтыс болғанлардыӊ саны 8 ге жеткенини мәлим етти. Үш адам турақ жай имаратларыныӊ екинши ҳәм үшинши қабатларынан секирген, олардан биреўиниӊ жағдайы аўыр. Және бес адам турақ жайынан шығып киятырғанда жарақатланған. Алмаата ҳәкимлигиниӊ мағлыўматларына бола, қалада айрықша жағдайларда пуқараларды қабыл етиў орайлары түни менен ислеген, мектеп ҳәм колледж оқыўшылары ушын сабақлар бийкар етилген.

ӨзА