ҚМУ Қытай университети менен бирге ислеседи

314

Қытай пайтахты Пекин қаласында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм  Қытай Халық Республикасы Билимлендириў Министрлиги тәрепинен Өзбекстан – Қытай билимлендириў форумы болып өтти.  Форумда Өзбекстаның 37, Қытайдың 110 жетекши жоқары оқыў орынларының ректорлары қатнасты.

Форум шеңберинде Өзбекстан – Қытай жоқары оқыў орынлары ректорлары тәрепинен 4 бағдарда – анық пәнлер, инженерлик, аўыл хожалығы, МКТ, гуманитар пәнлер, медицина ҳәм фармацевтикаға арналған сессиялар болып, онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик Ахмед Реймов халықаралық байланыслар, илимий ҳәм оқыў ислери, мақсетли көрсеткишлер, сондай-ақ, университеттиң бул бағдарларда ерискен нәтийжелери ҳәм алға қойылған режелери бойынша шығып сөйлеп, өзиниң бир қатар усынысларын билдирип өтти.

Сондай-ақ, форум шеңберинде Ухан тоқымашылық университети ҳәм  Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасында халық аралық бирге ислесиў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң белгиленген қәнигелик бойынша тәжирийбе алмасыўы бойынша өз-ара келисим шәртнамасы дүзилди.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы