Мүрәжат унамлы шешимин тапты

168

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Е.Турсыновтыӊ Қанлыкөл районы Дослық мәкан пуқаралар жыйынында өткерген көшпели қабыллаўда билдирилген мүрәжатлар шешимин таппақта.

Атап айтқанда, усы аймақ турғынларынан бири Таза қоныс ҳәм Бахытлы көшелериндеги тротуар бойында орнатылған электр тогин өширип жағыў үскенеси қәўипли жағдайда турғынлығын, соның ушын оны алмастырып бериўин өтиниш еткен еди. Арадан көп ўақыт өтпей Қанлыкөл районы әдиллик бөлими ҳәм районлық электр тармақлары кәрханасының хызметкерлери бул жерде болып, жағдайды үйренип шықты.

Үйрениўден соң бул үскене қәўипсиз етип қайта орнатып берилди. Солай етип, машқала сапластырылып, пуқараның мүрәжаты унамлы шешимин тапты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги