“Ең жақсы бизнес-реже” таңлаўында мүнәсиплер таңлап алынды

311

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм ϴзбекстан Исбилерменлик ҳәм фермерликти қоллап-қуўатлаў орайының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте “Ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў” жойбары шеңберинде “Ең жақсы бизнес-реже” таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлери, тийисли шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир жумысты баслаўдан алдын оны пухта режелестириў кереклиги бәршемизге белгили. Бизнести баслаўдан алдын реже дүзиў ойлаған исиңиздиң табыслы болыўына жәрдем береди.

Быйылғы жыл мәмлекетимизде “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” деп белгиленди. Бул жойбардың мақсети де ҳаял-қызлар менен жаслардың исбилерменлик ҳәм фермерликке қызығыўшылығын арттырыў, оларды усы тараўға тартыў, бизнес-режелерин қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Таңлаўда қатнасыўшылар исбилерменликтиң түрли бағдарлары бойынша өзлериниң бизнес-режелери менен қатнасты. Төрешилер қурамының ағзалары ҳәр бириниң бизнес-режелери менен танысып, олардың әҳмийетине итибар қаратты.


Қатнасыўшылар өзлериниң бизнес-режелерин таныстырды. Төрешилер ҳәр бири бойынша пикир-усынысларын билдирип, ең жақсыларын таңлап алды.

Таңлаў жуўмағында биринши орынға Бозатаў районындағы “Кенжебек Дәўлетияр” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Наргиза Барибаева мүнәсип деп табылды. Екинши орынды Қоңырат районынан өнермент Альбина Сәрсенгалиева ийелеген болса, үшинши орын Беруний районындағы “Илёсбек Эъзоза” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Надира Қутлымуратоваға несип етти.

–Таңлаўда мениң бизнес-режемди жеңимпаз деп тапқанынан қуўанышлыман, –  дейди “Кенжебек Дәўлетияр” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Наргиза Барибаева.– Бизнес-режем тийкарынан кәрхана жанынан мийманхана хызметин ашын, халыққа хызмет көрсетиў болып табылады.  Жойбардың улыўма баҳасы 350 миллион сумды қурайды.  Районымызға келген мийманлар ҳәм сырт ел инвесторлары ушын бир де мийманхана жоқ. Соның ушын усы хызметти жолға қоймақшыман.

Жеңимпазларға партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, таңлаўға  белсене қатнасқанлар да хошаметленди.


 Қарақалпақстан хабар агентлиги