«ИРНА» мәлимлеме агентлигиниң мәлим етиўинше, Иран президенти Иброҳим Раиси 21-январь күни екшемби күни Өзбекстанның Тегерандағы жаңа елшиси Фариддин Насриевтиң исеним жарлықларын қабыл етти.

Бул мәресимде Иран жетекшиси Тегеран ҳәм Ташкент арасында болып өткен кейинги еки жылдағы қатнасықларды унамлы баҳалады.

Президент еки мәмлекет жетекшилериниң әмелге асырған сапарлары, ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерине итибар қаратып, Иран ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықларды және де кеңейтиў нийетин билдирип өтти.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА