«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Урумчиде Өзбекстан тоқымашылық делегациясы ушын арнаўлы Қытай пахта ҳәм тоқымашылық саўда орайын таныстырыў илажи өткерилди. Таныстырыў шеңберинде «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы ўәкилханасының ашылыўы бойынша келисимге ерисилди.

Бүгинги күнде Қытай Халық Республикасы аймағында Өзбекстан тоқымашылық кәрханаларының 3 саўда үйи жумыс алып бармақта. Ушырасыўда атап өтилгениндей, Қытай Өзбекстанға тоқымашылық өнимлерин импорт ҳәм экспорт етиўши мәмлекетлерден бири болып есапланады. Өзбекстан Қытайға жипек экспорт етеди. Қытай тийкарынан жасалма ҳәм синтетикалық талшықлар импорт етеди.

Ушырасыўда қытайлы исбилерменлер билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, тараў қәнигелерин таярлаў, тоқымашылық тараўында инновациялық жойбарларды әмелге асырыў, Өзбекстан өнимлериниң турақлы көргизбесин шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын 2024-2025-жылларға мөлшерленген «Жол картасы»н әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

– Усы жылдың март айында Қытайдың Урумчидеги Пахта ҳәм тоқымашылық саўда орайында «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясының турақлы ўәкилханасын (офис майданларын бийпул усынған ҳалда) ашыў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы әҳмийетли ўақыялардан бири болды. Урумчидеги Пахта ҳәм тоқымашылық саўда орайы пахта егиўден баслап тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўға шекемги изертлеўлерди өткериў, санаатты санластырыў, пахта ҳәм тоқымашылық өнимлерин сертификатлаў системасын жаратыў ҳәм пүткил санаат шынжырының бирлигин тәмийинлеў ушын шөлкемлестирилген. Өзбекстан тоқымашылық санааты мәмлекет экономикасының драйвери ҳәм басқа да мәмлекетлер менен де тығыз бирге ислесиў орнатыў механизми есапланады, – деди ассоциация мәлимлеме хызметиниң баслығы Шаҳзода Қўчқорова.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА