2050-жылға барып, 60 жастан асқан дүнья халқы еки есеге көбейип, 2,1 миллиардқа жетеди. Бул ҳаққында Давосда 15—19-январь күнлери болып өткен Жәҳән экономикалық форумы жуўмақлары бойынша есабатқа тийкарланып Euronews жазбақта.

Келешекте көп адамларға пенсия жетиспеўи мүмкин. Адамлар өмириниң соңғы 8-10 жылын дерлик ҳеш қандай пулсыз өткериў қәўипи бар. Бул сиясатшылар тәрепинен шешилиўи керек болған үлкен машқала, делинеди есабатта.

Мәмлекетлер пуқаралардың финанслық тәлим алыў имканиятын тәмийинлеўи керек, делинеди есабатта. Бүгинги күнде дүнья халқының тек 33 проценти финанслық саўатлы есапланады.

Есабат авторлары, сондай-ақ, мийнет ҳақы ҳәм пенсиялардағы тең салмақсызлықты орайласқан ҳалда шешиўге шақырған.

Еслетип өтемиз, 2024-жылы дүнья халқы сегиз миллиард адамға жетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги