Қарар ҳәм оның орынланыўы

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатлары Б.Искендеров ҳәм Х.Аннақуловлар райондағы Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында әмелге асырылып атырған жумысларды үйренип шықты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июльдеги  ПҚ-228-санлы  қарары тийкарында аймақтың инфраструктурасын ҳәм пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў және аймақтағы машқалалардың нәтийжели  шешилиўин тәмийинлеў мақсетинде усы пуқаралар жыйынларына да 500 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылған.

Ҳәзирги ўақытта бул мәҳәллелерде көшелердеги электр энергиясы тамақларын оңлаў, тазадан тартыў, абаданластырыў, ишимлик суў қубырларын тартыў сыяқлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Кегейли районында аймақлардағы машқалаларды унамлы шешиў ушын ажыратылған 500 миллион сумлық қаржы есабынан жәми 16 мәҳәлледе 86 жойбар бойынша қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Соннан, Мәденият мәкан пуқаралар жыйынында бүгинги күнде 3 көшеге 51 дана түнги жақтыландырыў шырақлары, 3 дана бақлаў камерасы орнатылған болып, әмелге асырылған жумыслардың өз мүддетинде сапалы орынланыўы тийисли тараў басшылары ҳәм депутатлар тәрепинен қадағаланып барылмақта.






Үйрениў даўамында тийисли жуўапкер басшылар ҳәм аймақ турғынлары менен сәўбетлесиўлер өткерилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Үйрениў жуўмағы бойынша депутатлар тәрепинен орынланбай атырған жойбарлар бойынша мағлыўматлар таярланып, кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли илажларды әмелге асырыўға келисип алынды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги