Қорғаныў министрлигиниӊ Нөкис гарнизонында мүддетли әскерий хызметин атқарып атырған әскерий хызметкерлер Өзбекстан Республикасыныӊ жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўге жәрдем беретуғын әскерий бөлим басшылығыныӊ жеӊилликли усыныснамаларына ийе болыў ушын тест сынақларын тапсырыўды баслады.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Миллий гвардиянинг 2019-жыл 30-декабрьдеги “Мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметкерлерге Өзбекстан Республикасыныӊ жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў усыныснамалар бериў тәртиби туўралы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қоспа қарары менен Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметин өтеп болған, жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлық бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен, зәрүр билим дәрежесине ийе, үлгили әскерий тәртипти көрсеткен еӊ мүнәсип әскерий хызметкерлерге әскерий бөлим басшылығыныӊ жеӊилликли усыныснамаларыныӊ берилиўи белгиленген.

Усы қоспа қарарға муўапық, өзиниӊ әскерий хызметин шын кеўилден атқарған ҳәм әскерий бөлим командириниӊ жеӊилликли усыныснамасына ийе болған жигитлер мәмлекетимиздиӊ жоқары әскерий оқыў орынларындағы тийисли тәлим бағдарларына оқыўға кириўде  тест сынақларыныӊ нәтийжелери бойынша топланған баллардыӊ 50 проценти муғдарында қосымша балл түриндеги жеӊиллик, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары (жоқары әскерий оқыў орынлары буған кирмейди) бакалавриатына оқыўға кириў ушын жоқары оқыў орынларына қабыллаў  параметрлеринен тысқары ажыратылатуғын өз алдына қабыллаў көрсеткишлери шеӊберинде таӊлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болады.

Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиӊ биринде өткерилип атырған сынақлар еӊ сайланды әскерлерди анықлаў ҳәм оларға қосымша түрде усыныснамаларды бериў ушын таӊлап алыўдыӊ жуўмағы есапланады. Себеби әскерий хызмет даўамында ҳәр бир әскер жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлықлардан алған баҳалары, хызметте ерискен нәтийжелери, үлгили минез-қулқы  ҳәм ўазыйпаларды шын кеўилден орынлап атырғаны қадағаланады.

Округ әскерлери сәркардалығы тәрепинен бул тест сынақларында әдиллик принциплерине тийкарланған ҳалда ҳақыйқатлықты тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген аудиториялардыӊ барлығында бақлаў  камералары орнатылған болып, олар арқалы белгиленген  ўақыт нормасы бойынша көрсетилип атырған видео жазыўлардыӊ барлығы системаға жазып сақланады.




Тест сынақлары 100 сораўдан ибарат болып, соннан 40 сораў жаўынгерлик таярлықтан, 20 сораў руўхый-ағартыўшылық,  10 сораў математика, 10 сораў физика ҳәм 20 логикалық сораўдан ибарат. Дурыс жуўап ушын жаўынгерлик таярлық бойынша 1,2 балл, руўхый-ағартыўшылық таярлық ушын 1,1 балл ҳәм қалған бағдарлар бойынша  1 баллдан баҳалап барылады. Тест сынақларын тапсырып атырған әскер ушын егер барлық сораўларға толық жуўап бере алса еӊ көби менен 110 балл топлаў имканияты бар. Тест сынақлары ушын улыўма 3 саат ўақыт ажыратылады.

Өзбекстан Республикасы Билим ҳәм қәнигеликлерди баҳалаў агентлиги тәрепинен алынған тест сынақлары даўамында қағыйда ҳәм нызам бузылыў жағдайлары анықланбады. Әскерий хызметкерлердиӊ санын есапқа алған ҳалда тест сынақлары бир нешше күн даўамында алып барылады.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметин өтеп болған пуқараларға әскерий бөлимлердиӊ басшылығы тәрепинен жоқары оқыў орынларына кириў ушын берилген усыныснамалар олар берилген сәнеден баслап үш жыл даўамында әмел ететуғынын атап өтиў орынлы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги