Республикамыз аймағында нәшебентлик затлардыӊ айланысына шек қойыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша кеӊ көлемли оператив илажлар әмелге асырылып келинбекте. Усындай илажлардыӊ бири Тақыятас районы аймағында өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги Оператив излеў хызмети, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы ҳәм Тақыятас районы Ишки ислер бөлими Оператив излеў топары хызметкерлери тәрепинен “Д” атлы шахстың арзасына тийкарланып оператив илаж алып барылды. Нәтийжеде район аймағында Ферғана қаласында жасаўшы 1984-жылы туўылған Т.Н атлы шахс “Д” атлы шахсқа 7 тонна салы өнимин 199,66 грамм “Гашиш” нәшебентлик затына алмастырып атырған ўақтында оператив илаж қатнасыўшылары тәрепинен айғақлы затлар менен қолға алынды. Анықланған жағдай бойынша Т.Н атлы шахстыӊ қарсысына Тақыятас районы Ишки ислер бөлими Тергеў топары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниӊ 273-статьясы 5-бөлимине тийкарланып жынаят иси қозғатылған,

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги