Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымларыныӊ 2023-жылда нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан, жәмийет ҳәм мәмлекеттиӊ мәплерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтыӊ алдын алыў бойынша алып барған жумысларыныӊ нәтийжесине бағышланған коллегия мәжилиси болып өтти.

Онда республика прокуратурасы, қала ҳәм район прокуратураларыныӊ барлық оператив хызметкерлери,  Департамент ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы  Қарақалпақстан Республикасы басқармаларыныӊ басшылары қатнасты.

Мәжилисте өткен жылы әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда жол қойылған қәте-кемшиликлер сынға алынды.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен өткен дәўир ишинде 7 мыӊ прокурор қадағалаўы ҳүжжети тийкарында 2 мыӊ 600 ден аслам нызамсыз ҳүжжет нызамға муўапықластырылды. Дерлик 14 мыӊ шахстыӊ бузылған ҳуқықы әмелде тикленди.

Нызамбузыўшылықларды сапластырыў ҳәм жаза қолланылыўын тәмийинлеў бойынша 4 ярым мыӊнан аслам шахстыӊ интизамый ҳәм ҳәкимшилик мәселеси шешилди. Тексериўлер ҳәм тергеў ислери даўамында 86 миллиард сумнан аслам зыян өндирилди. Қатаӊ нызам бузылыўы жағдайлары бойынша 349 жынаят иси қозғатылды.

Мәжилисте баянатта атап өтилген барлық тараўдағы жол қойылған қәте-кемшиликлер бойынша жуўапкерлер шығып сөйлеп, оларды сапластырыўдыӊ анық механизмлери белгилеп алынды.

Коллегия мәжилисинде қаралған мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги