«Суў гәўҳар-жер ғәзийне»-дейди дана халқымыз. Сол айтқанымыздай бизиң халқымыз, әсиресе, аўылларда жасаўшы пуқаралар суўдың қәдирин оғада жақсы биледи ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыўға ҳәрекет етеди.

Соңғы жыллары елимизде егислик жер майданларын ағын суў менен тәмийинлеў, олардың мелиоративлик жағдайын жақсылаў, топырақ қунарлылығын арттырыў бойынша да бир қатар жумыслар исленип, буның ушын тараўға жаңа заманагөй техникалар, агрегатлар алып келинип, бул жумысшы ҳәм механизаторлардың мүшкилин жеңиллестирмекте.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытлары республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Кегейли ҳәм Шымбай районларында дийқаншылық пенен шуғылланып атырған  «Кегейли-Шымбай агро кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта.

-Жәмийетимиз тәрепинен бәҳәрги егис ушын 150 гектар майданды лазер жәрдеминде тегислеў режелестирилип, соннан бүгинги күнге шекем 70 гектар егислик жер лазер үскенеси усылында тегисленди,-дейди жәмийеттиң бас агрономы Абиджан Умарқулов.-Буннан гөзленген тийкарғы мақсет болса, суўды үнемлеў болып табылады. Себеби, «алдыңнан аққан суўдың да сораўы бар»-дегениндей, ҳәр бир грамм суўдың қәдирине жетиўди ўақыттың өзи талап етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы