14-22-январь күнлери Сербияның Сомбор қаласында бокс бойынша ҳаял-қызлар арасында халықаралық «13-Миллетлер кубоги” жарысы болып өтти.

Онда Элшад Расулов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы ағзалары табыслы қатнасып, 4 алтын, 3 гүмис ҳәм 4 қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, -50 кг салмақта Феруза Казакова, -52 кг да Азиза Якубова,  -57 кг да Ситора Турдибекова ҳәм -75 кг да Азиза Зокировалар алтын, -48 кг салмақта Саида Раҳмонова, -60 кг да Райҳона Қодирова,  -66 кг да Навбаҳор Ҳамидовалар гүмис,  -54 кг да Мухлиса  Хушавақтова, -63 кг да Моҳинабону Абдуллаева,  -70 кг да Ҳадичабону Абдуллаева ҳәм  -81 кг да Олтиной Сотимбоевалар қола медалын қолға киргизди.

Соны айтып өтиўимиз керек, өткерилген бул турнир жуўмағында  Феруза Казакова жарыстың ең жақсы боксшиси деп табылды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы