Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Мәденият сарайында республикамыздағы жоқары оқыў орынлары студент-жаслары арасында “Қуўнақлар ҳәм зийреклер”  таӊлаўы болып өтти.

ϴзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси, жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы  аймақлық бөлими менен биргеликте өткерилген таӊлаў жаслардыӊ социаллық-руўхый билимин раўажландырыў, қәбилетли жасларды анықлаў, олардыӊ жәмийетимиздеги социаллық белсендилигин арттырыў, оларды миллий үрп-әдетлеримизге ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, бос ўақытларын мазмунлы өткериўде айрықша әҳмийетке ийе.

Қатнасыўшы командалар жәмийетимиздеги түрли унамсыз иллетлер, студентлер арасындағы қызықлы ўақыяларды  “Бул қандай имканият!” атамасындағы таныстырыў, сондай-ақ “Биатлон” шәртлери бойынша юмор-сатиралық сахналық көринислер арқалы көрсетип берди. Тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятқан танлаў жуўмағында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ “Жайхун” командасы жеӊимпаз болды. Екинши орынды Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалыныӊ “Пегас-шоу”, үшинши орынды Нөкис кәншилик институтыныӊ “Алмаз” командалары ийеледи.

















Жеӊимпазлдарға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы кубок ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги