«Жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-18-санлы-20.01.2024 ж.) қабыл етилди.

Пәрман менен Жаслар ислери агентлиги Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги системасынан Министрлер Кабинетиниң бойсыныўына өткерилди.

Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги негизинде Спорт министрлиги дүзилди.

Спорт министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги тийислилиги бойынша Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланады.

Сондай-ақ:

– тийислисинше Спортты қоллап-қуўатлаў қоры Спорт министрлиги ҳәм оның системасындағы бюджет шөлкемлери жанында, Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қоры Жаслар ислери агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери және Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институты жанында қаржыларды қәлиплестириў және олардан пайдаланыўдың әмелдеги тәртибин толық сақлап қалған ҳалда юридикалық тәреп статусына ийе болмаған бюджеттен тысқары қор сыпатында жумыс алып барады;

– спорт тараўына ҳәм жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға тиккелей ямаса тиккелей емес тәсир ететуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қурылатуғын жасларға байланыслы инфраструктуралар, спорт объектлери ҳәм имаратлардың жойбарлаў ҳүжжетлери тийислисинше Спорт министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен мәжбүрий түрде келисиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги