19-январь, шемби күни қол қойылған «Жол ҳәрекети ҳаққында»ғы нызам менен жол ийесиниң ҳуқықлары менен миннетлемелери, транспорт ийелериниң жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы миннетлемелер ҳәм мийнет шәртнамасы бойынша ислеп атырған айдаўшылардың ҳуқықлары айрықша белгиленди.

Атап өтилиўинше, жол қайсы кәрхана, мәкеме, шөлкем ямаса физикалық тәреплердиң ықтыярында болса, сол адамлар жол ийеси есапланады.

Жол ийеси жолларды қурыў, оңлаў ҳәм реконструкциялаў жойбарларын келисип алыў ҳәм тастыйықлаўда, сондай-ақ, оңлаў жумысларын шөлкемлестириўде қатнасыў ҳуқықына ийе.

Транспортты өз хызмет ямаса мийнет ўазыйпаларын атқарыў ушын, соның ишинде транспорттың мүлк ийеси ямаса басқа ийеси менен дүзилген мийнет шәртнамасы ямаса пуқаралық-ҳуқықый өзгешеликке ийе шәртнамаға тийкарланып басқарыўшы шахс транспорт қуралының ийеси болмайды.

Транспорт ийелери:

– техникалық жақтан саз транспорттан пайдаланыўы;

– транспорттың тийисли маманлыққа ийе ҳәм медициналық тексериўден өткен шахслар тәрепинен басқарылыўына рухсат бериўи;

– транспорттан пайдаланыў ўақтында басқа да шахслардың өмирине, денсаўлығына ҳәм (ямаса) мүлкине зыян жеткергени ушын өзиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыўды әмелге асырыўы;

– транспорттың алкогольден мәс ҳалында ямаса психоактив элементлер тәсири астында яки оғада шаршаған ҳалдағы шахслардың басқарыўына жол қоймаўы шәрт.

Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 ай өткеннен кейин күшке киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги