Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ Қытай Халық Республикасына мәмлекетлик сапары алдынан Урумчи қаласында еки мәмлекеттиӊ 1 200 ден аслам исбилермен топары ўәкиллериниӊ қатнасыўында Өзбекстан-Қытай биринши аймақларарлық форумы болып өтпекте.

 Бизнес-форум шеӊберинде “B2B” ҳәм “G2B” форматларда ушырасыўлар өткерилиўи, сондай-ақ, илаж жуўмағында бир қатар ири саўда шәртнамалары ҳәм инвестициялық келисимлерге қол қойыў күтилмекте.

Илаж шеӊберинде Саўда-санаат палатасы жәрдеминде мәмлекетимиздеги кәрханалар ҳәм экспорт ушын мөлшерленген өнимлер ислеп шығарыўшы исбилерменлердиӊ “Made in Uzbekistan” көргизбеси де болып өтпекте.

Көргизбеден гөзленген тийкарғы мақсет – Өзбекстан санаат компанияларын раўажландырыў ҳәм инвестициялық жетискенликлерин Қытай базарында көрсетиў.

Өзбекстанда Қытай капиталы қатнасындағы 2 мыӊнан аслам кәрхана нәтийжели жумыс алып бармақта. Өткен жылы Қыйтай компаниялары қатнасында улыўма баҳасы дерлик 2 миллиард долларлық 60 тан аслам жойбар нәтийжели әмелге асырылған.

ӨзА