Уллы Британияныӊ қурғақлықтағы қураллы күшлериниӊ саны 10 жыл ишинде қысқарыўы мүмкин. Бул ҳаққында “The Times” газетасы жазбақта.

Басылымныӊ атап өтиўине бола, егер ҳәзирги тенденция даўам етсе, 2026-жылға барып армияныӊ саны 76 мыӊ әскерден 68 мыӊға шекем қысқарады. Қәнигелердиӊ атап өтиўине бола, бул АҚШ Қураллы Күшлери арнаўлы күшлери хызметкерлери санынан кемирек. Олардыӊ болжаўына бола, 10 жыл ишинде Уллы Британия армиясында тек ғана 52 мыӊ адам қалыўы мүмкин.

Газета, сондай-ақ, қорольликтиӊ толық бригаданы кадрлар менен тәмийинлей алмаўына да итибар қаратқан. Анықлық киргизилиўине бола, әскерлер де техникалардыӊ ескиргенинен қәўетерде.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги