Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Е.Турсыновтыӊ Қанлыкөл районы Дослық мәкан пуқаралар жыйынында көшпели қабыллаўы болып өтти.

Онда район ҳәкими Б.Султанов, ҳәкимлик қәнигелери, мәкан пуқаралар жыйыныныӊ хызметкерлери, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиӊ басшылары, аймақ турғынлары  қатнасты.

Қабыллаўда Әдиллик министри Е.Турсынов мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаў, пуқаралардыӊ мүрәжатларын тыӊлаў, имканияты болғанынша оларды унамлы шешиў тийисли уйым басшыларыныӊ ўазыйпасы екенлигин атап өтти. Соныӊ менен бирге, Президентимиз тәрепинен бул бағдарда қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардыӊ мазмун- мәниси бойынша кеӊ түрде түсиник берди.

Буннан соӊ пуқаралар тәрепинен аймақ жолларын тәртипке келтириў, түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў, турақ жай ҳәм басқада қурылыс жумыслары, материаллық ҳәм медициналық жәрдем, дәри-дармақ пенен тәмийинлеў, кредит алыў, майыплық напақасын тайынлаў, қыйтақ жерден пайдаланыў, аукцион ҳәм басқа да машқалалар менен байланыслы мүрәжатлар келип түсти.

Қабыллаў барысында 14 мүрәжат сол жердиӊ өзинде унамлы шешимин тапқан болса, 11 мүрәжат үйренип шығыў ушын қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги