Урлық ҳәм алдаўшылық кейинги ўақытта жүдә көп ушырасып атырған жынаятлар қатарынан орын алмақта. Деген менен, бул жынаятларға еле турмыстың ашшы-душшысын татып үлгермеген жаслардың араласып қалыўы аянышлы.

Жақында жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен өткерилген ашық көшпели суд мәжилисинде көрилген жынаят иси де мине усындай урлық ҳәм алдаўшылық пенен байланыслы. Кең жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге жаслардың қатнасыўында өткерилген суд мәжилиси бәршеге бул жынаяттан аўлақ болыўға, адасып таңлаған жолын дүзетиўге мүмкиншилик жаратыўдың бир усылы, десек орынлы болады.

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы М.Байниязовтың басшылығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында болып өткен ашық көшпели суд мәжлисинде дәслепки тергеў уйымы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң  168-статьясы 3-бөлиминиң “б” бәнти ҳәм 169-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыпланған Б.У.дың қарсысындағы жынаят иси көрип шығылды.

Б.У. 25 жасына шекем 4-5 мәрте жынаят ислеп судланған, ҳәттеки бир нешше рет қамақ жазасын өтеген. Айырым жағдайларда жазасы жеңилирегине алмастырылып, еркинликке де шыққан. Бирақ, бул ислеген қылмысларынан дурыс жуўмақ шығармай және урлық ислеў жолына түсти. Енди ол биреўдиң үйин аӊлып отырмай, өзиниӊ таныс-билислеринен пайдаланған.

Қәўипли рецидивист Б.У. 2023-жыл 31-июль күни кешки саат 20:00 шамасында Нөкис қаласы Саманбай МПЖ аймағында жайласқан “Samanbay City” саўда орайында жайласқан компьютер ханаға барып, усы жерде ойын ойнап отырған жас өспирим С.А.ға өзин нашар аўҳалға түсип калғандай етип көрсетип, қол телефоннан қоңыраў етиўге мүтәж етип көрсетип, оның жас өспирим екенлигинен ҳәм исениўшеңлигинен пайдаланып, қоңыраў етип алыўын өтиниш етеди. Оның орташа базар баҳасы 1.500.000 сум болған “Redmi A1+” маркалы қол телефонынан сөйлесип атырғандай болып шетке шығып кетип, ўақыя орнынан қашып кетеди.

Буннан тыскары, Б.У. 2023-жыл 6-август күни басқалардың мүлкин жасырын түрде талан-тараж етиў мақсетинде өзиниң алдыннан таныс жорасы болған пуқара У.Р.дың Нөкис қаласы Теле орай МПЖда жайласқан жасайтуғын үйине келип, өзиниң үйиндегилер менен урысып қалғанлығы себепли оның үйинде қонып қалыўғарухсат бериўин өтиниш етеди. Оныӊ үйинен пуқара Р.У.ға тийисли базар баҳасы 1.000.000 сум болған бир дана “Vivo 12” маркалы, базар баҳасы 500.000 сум болған бир дана “Samsung A10S” маркалы,  базар баҳасы 300.000 сум болған бир дана “Samsung J2” маркалы,  базар баҳасы 300.000 сум болған бир дана “Samsung J2” маркалы, жәми 4 дана қол телефонын жасырын түрде урлап кетеди.

Сөйтип ол, өзи урлаған телефонларды Хожели районы базарында көтере баҳаға адамларға сатып жиберип, пулын болса жумсап қояды.

Суд, судланыўшы Б.У.ға жаза тайынлағанда, жынаяттың жағдайын ҳәм қәўиплилик дәрежесин, қылмыстың себебин ҳәм ақыбетлерин, судланыўшының шахсын, алдын бир неше мәрте судланғанлығын, айыбын мойынлайтуғынын, ислеген исине пушайманлығын, келтирилген зыянды қаплағанын итибарға алып  ҳүким   етти. Суд ҳүкимине бола, судланыўшы Б.У. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими “б” бәнти ҳәм 169-статьясының 1-бөлими менен айыплы деп табылып, жазаларды қосыў жолы менен 1 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды. Жазаны қатты тәртипли колонияда өтеўи белгиленди.

Билмей иследим, енди қайталамайман, пушайманман… Судланыўшы бул сөзлерди ҳәр сапары суд залында тәкирарлай берип, оған яд болып кеткен үйреншик сөзлер. Судланыўшы бәлким, шыны менен де пушайман шығар, деген менен ол алдын бир нешше мәрте судланып, жаза мүддетин өтеген, айырым ўақытлары жазасын өтеп атырған ўақытта да тәкирар жынаят ислеген. Оған базыда жас екенлиги, басқада жағдайлары есапқа алынып, қамақ пенен байланыслы болмаған жазаларда тайынланған. Бирақ усы күнге шекем бул қылмысларынан дурыс жуўмақ шығармаған. Өзине берилген бул жеңилликти дурыс жолға түсип, ҳадал жасаў ушын бир имканият деп түсинбеген. Солай екен, ҳәр қандай жынаятқа жаза анық.



Суд мәжилиси жуўмақланғаннан соң, судья тәрепинен қатнасыўшыларға, соның ишинде, жасларға урлық, алдаўшылық жынаятлары, оның мине усындай ақыбетлери жөнинде кең түрде түсиник берилди. Жасларды бундай иллетлерден аўлақ болып, оқып, билим алыўға, илим үйренип, келешекте жетик маман қәниге болыўға шақырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги