Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында системада өзхызметине садықлығы, үлгили минези, тәрбиясы, кәсибине болған айрықша ықласы менен ажыралып туратуғын 15 хызметкердиң аналары хошаметленди.

 Илажда басқарманың тийкарғы көрсеткишлери, мәмлекетлик бюджетке өндирилген бажыхана төлемлери ҳәм хызметкерлер тәрепинен анықланған бажыхана нызамбузыўшылығы жағдайларына айрықша тоқталып өтилди. Халықтыӊ абаданлығы,елимиздиӊ тынышлығы, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў жолында аянбай хызмет етип атырған бажыханашыларды дүньяға келтирип, тәрбия берген аналарына миннетдаршылық билдирилди.



Перзентиниң камалын көрип, олар себепли ҳүрметке бөлениў бахтына миясар болған аналар мақтаныш ҳәм қуўаныш сезимлерине бөленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги